Мойнақ районында Ҳаял-қызлар дәптерине киргизилген, бурын жумыссыз ҳаял-қызлар ушын жаңа имканиятлар есиги ашылды.
Мәмлекет тәрепинен берилген тигиў машиналары, олардың турмысына жаңа нәпес, жаңа үмит болып кирди.
Бүгин олар өз үйинде тигиўшилик пенен шуғылланып, шаңарағына еркин дәрамат келтирмекте.
Бул арқалы тек ғана экономикалық жақтан емес, ал руўхый жақтан да күш-қуўат таппақта. Тигилип атырған кийим, көрпе,көрпешелер ,ҳәр бир өним — олардың мийнети, ерк-ықрары ҳәм жаңадан баслаған турмысының тымсалы!
Мойнақтағы бул ибратлы жумыслар — елимиздеги инсаныйлық сиясаттың, ҳаял-қызларға болған итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады.
Дәптерге кириў — бул тамам болыў емес, ал басланыў!
Ҳаял-қызлар дәптери — имканиятлар есиги!
