Мойнақ районы Медицина бирлеспеси Балалар бөлими шыпакери Г.Тәжибаева менен журналист С.Шаддинова
✓ 1. Сораў: Медицина тараўында ҳаял-қызлар ушын теңдей имканиятлар жаратылған ба?
Жуўап: Әлбетте. Ҳәзирги күнде ҳаял шыпакерлер түрли лаўазымларда, ҳәттеки басшылық дәрежесинде де жумыс алып бармақта. Имканиятлар тең, тек умтылыў керек.
✓ 2. Сораў: Сизиңше, медицина тараўында ҳаяллар қандай қыйыншылықларға дус келеди?
Жуўап: Тийкарғы машқала — жумыс ҳәм шаңарақ арасындағы жуўапкершиликти үйлестириў. Бирақ буны да билим ҳәм ерк-ықрар менен жеңиўге болады.
✓ 3. Сораў: Сиз өзиңиз өмириңизде гендер теңликти қалай сездиңиз?
Жуўап: Маған исенди, имканият берди, мен де мийнетим менен өз орнымды таптым.
Буның өзи теңлик бар екенлигинен дерек береди.
✅ 4. Сораў: Ҳаял шыпакерлерди хошаметлеў ушын және не қылыў керек?
Жуўап: Олардың мийнетин тән алыў, мийнет ҳақы ҳәм социаллық шараятларды жақсылаў, илимий жумысларға кеңнен жол ашыў керек.
✅ 5. Сораў: Жас қызларға қандай усыныс бересиз?
Жуўап: Өз күшине исениң, билим алың ҳәм әрман етиң. Егер инталы болсаңыз, жәмиеттеги орныңыз әлбетте беккем болады.